Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ҒМДАның Сочи саммити

2017-10-12 | ҒМДА

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2017 10-11-октябрь күнлери Россия Федерациясының Сочи қаласында болып өткен Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилисине қатнасты.

Саммиттиң тийкарғы илажлары 11-октябрь күни болды.

Сочидағы Халықаралық конгресслер орайында Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевты Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин күтип алды.

Дәслеп ҒМДА мәмлекет басшылары тар шеңберде ушырасыў өткерди. Онда Дослық аўқамы шеңберинде бирге ислесиўди буннын былай да беккемлеў, бул халықаралық структураның жумысын жетилистириў мәселелери додаланды, регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер бойынша пикир алысылды.

Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық аўқамы 1991-жыл 8-декабрьдеги ҒМДАны дүзиў ҳаққындағы келисим және, 1991-жыл 21-декабрьдеги бул келисимге протокол тийкарында шөлкемлестирилген. Бул халықаралық структураға Өзбекистан Республикасы, Әзербайжан Республикасы, Армения Республикасы, Беларусь Республикасы, Қазақстан Республикасы, Қырғызстан Республикасы, Молдова Республикасы, Россия Федерациясы, Түркменстан, Тәжикстан Республикасы ҳәм Украина ағза есапланады. Атқарыў комитети ҒМДА ның атқарыўшы ҳәкимшилик ҳәм муўапықлстырыўшы уйымы болып табылады.

Өзбекистан ҒМДА шеңбериндеги көп тәреплеме бирге ислесиўде белсене қатнасып келмекте. Бул ағза еллер менен түрли салалардағы байланыслардың раўажланыўына үлес қоспақта.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев Өзбекистан Дослық аўқамы еллери менен саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт, туризм, илим, билимлендириў ҳәм қәўипсизлик салаларындағы бирге ислесиўди раўажландырыўдан мәпдар екенин атап өтти. Жыл басынан берли еллеримиз бенен ҒМДА еллери арасындағы товар алмасыўдың көлеми  20 проценттке өскен.

Өзбекистанның структурадағы қатнасын және де жеделлестиреди. Усы жыл 3-ноябрь күни пайтахтымызда ҒМДА Ҳүкимет басшылары кеңесиниң мәжилиси өткериледи.

Мәмлекетимиз басшысы ағза еллер арасында өз-ара исеним ҳәм бирге ислесиўди беккемлеў, Дослық Аўқамы шеңберинде жаңа, анық жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў зәрүрлигин атап өтти.

Транспорт ҳәм коммуникациялар бирге ислесиўдиң стратегиялық әҳмийетли бағдары болып есапланады. Өз-ара интеграцияласқан транспорт структураларын раўажландырыў, Дослық Аўқамы регионының үлкен транзит потенциалынан толық пайдаланыў ҳәмме ушын пайдалы. Ҳәкимшилик процесслерди жетилистириў ҳәм өз-ара жеңилликлер бериў бул бағдарда үлкен әҳмийетке ийе.

Туризм саласындағы имканиятлардың да толық иске қосылмағаны, бул имканиятларды талқылаў ҳәм анық илажлар ислеп шығыў зәрүрлиги атап өтилди.

Аўғанстандағы жағдайға да итибар қаратылды. Жынайый дәраматларды легалластырыў, коррупция, терроризм, наркобизнес сыяқлы қәўип-қәтерлерге биргеликте гүресиў мәселелери додаланды.

ҒМДА ға басшылық ететуғын гезектеги ел мәселеси көрип шығылды. Улыўма қарарға муўапық, 2018-жылдан бул халықаралық структураға басшылық Тәжикстан Республикасына өтти.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев усы мүнәсибет пенен Президент Имамали Раҳманды қутлықлады ҳәм бул жуўапкершиликли ўазыйпаны орынлаўда табыслар тиледи.

Мәмлекет басшылары сөйлесиўлерди кеңейтилген қурамда даўам еттирди.

Мәжилисте Дослық Аўқамы еллериниң Парламентлераралық ассамблеясының жумысын жетилистириў, Сыртқы ислер министрлер кеңеси ҳәм Экономикалық кеңесин раўажландырыў, келешекте ҒМДАның мәдений пайтахтларын белгилеў сыяқлы мәселелер додаланды. Дослық Аўқамына 2019-жылды Китап жылы, 2020-жылды 1941-1945-жыллардағы уллы Ўатандарлық урыста ерисилген жеңистиң 75 жыллығы жылы, деп жәриялаў туўралы қарар қабыл етилди.

Дослық Аўқамы еллериниң жынайый дәраматларды легалластырыў, терроризм ҳәм қырғын қуралларды тарқатыўды қаржыландырыў, коррупцияға қарсы гүресиў салаларындағы бирге ислесиўге байланыслы концепциялары мақулланды.

Сондай-ақ,  ҒМДА ға ағза еллер арасында бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған және бир қатар ҳүжжетлер қабыл етилди.

Саммит шеңберинде Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев пенен Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң ушырасыўы  болып өтти.

Шавкат Мирзиёев бул ушырасыўдан кеўли толғанын билдирип, Өзбекистан менен Россия арасында стратегиялық шериклик ҳәм аўқамшылық қатнасықлары анық әмелий мазмун менен байығанын айрықша атап өтти.

Владимир Путин Шавкат Мирзиёевти Сочиға сапары менен қутлықлап, Өзбекистан Республикасы Президенти усы жыл апрель айында Россияға мәмлекетлик сапары ўақтында ерисилген келисимлер избе-из әмелге асырылып, бул өз нәтийжелерин берип атырғанын атап өтти.

Өзбекистан менен Россия арасындағы бирге ислесиў 2004-жыл 16-июньде қол қойылған стратегиялық шериклик ҳаққындағы шәртнама, 2005-жыл 14-ноябрьде қол қойылған Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнама тийкарында избе-из раўажланып бармақта. Еллеримиз БМШ, ШБШ, ҒМДА сыяқлы халықаралық структуралар шеңберинде де нәтийжели бирге ислесип келмекте.

Өзбекистан Президентиниң мәмлекетлик сапарынан соң өткен қысқа ўақытта өз-ара байланыслар сезилерли дәрежеде жеделлести. Бирге ислесиў шеңберине жаңа салалар қосылды. Соңғы айларда ҳүкиметлер ҳәм аймақлар аралық дәрежеде бир қанша сапар етиўлер әмелге асырылды.

Россия Өзбекистанның әҳмийетли саўда-экономикалық шериклеринен бир болып есапланады. Елимизде Россияның жетекши компания ҳәм банклериниң қатнасыўында ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта. Экспорт ҳәм импорттың көрсеткишлери бойынша өсим бақланбақта. Жыл басынан берли өз-ара товар алмасыўдың көлеми 3 миллиард доллардан асқан.

Жақында Ташкентте болып өткен Өзбекистан-Россия бизнес-форумында еки елдиң исбилерменлери көплеген перспективалы келисимлерге еристи.

Санаат ҳәм аўыл хожалығы тармақлары арасында кооперация күшейип, бизнес ўәкиллериниң бирге ислесиўи кеңейип, халықларымыз арасында мәдений-гуманитарлық байланыслар беккемленип атырғаны атап өтилди. Москва ҳәм Пүткил Рус патриархы Кириллдиң Өзбекистанға сапары да халықларымыз арасында дослық ҳәм өз-ара түсинисиўди беккемлеўге хызмет еткени атап өтилди.

Ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланды. Тәреплерди қызықтырған регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер бойынша пикир алысылды.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев пенен Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенконың ушырасыўы болып өтти.

Шавкат Мирзиёев мәмлекет басшыларының 2016-жыл Самарқандта болып өткен ушырасыўынан кейин Өзбекистан ҳәм Беларусь қатнасықлары жеделлескенин, өз-ара саўда айланысы сезилерли артқанын атап өтти. Еки елдиң экономикасы бирин-бири толықтыратуғыны, аўыл хожылығы, тоқымашылық, машина қурылысы, азық-аўқат санааты ҳәм басқа да салаларда пайдаланылмаған үлкен имканиятлар бар екени атап өтилди.

Александр Лукашенко Беларусь Өзбекистан менен бирге илсесиўди ҳәр тәреплеме раўажландырыўдан мәпдар екенин атап өтти.

Беларусь Өзбекистанға Орайлық Азиядағы әҳмийетли экономикалық шерик сыпатында қарайды. Еллеримиз арасындағы қатнасықлар дослық ҳәм өз-ара мәпдарлық принциплери тийкарында раўажланып бармақта.

Қоспа кәрханалар шөлкемлестириў, саўда үйлерин кеңейтиў, шийки затты терең қайта ислеў бойынша бирге ислесиў мәселелери додаланды.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев Беларусь Президенти Александр Лукашенконы Өзбекистанға мирәт етти.

 

Анвар САМАДОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршысы

Ташкент-Сочи-Ташкент

Поделиться