Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Шын жүректен қутлықлаўлар

2017-09-01 | Сиясат

Елимиз ғәрезсизлигиниң 26 жыллығы мүнәсибети менен Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың атына шет мәмлекетлер менен ҳүкиметлерден, абыройлы халықаралық шөлкемлердиң басшыларынан шын жүректен қутлықлаўлар келмекте. Оларда мәмлекетимиз басшысына ығбал-бахыт, аманлық ҳәм табыслар, Өзбекистан халқына тынышлық-татыўлық, раўажланыў ҳәм абаданлық тилеп, шын кеўилден жақсы тилеклер билдирилген.

Өзбекистан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Уллы Мәртебели Мырза!

Өзбекистан Республикасы ҳүкиметине ҳәм халқына Ғәрезсизлик күни мүнәсибети менен өзимниң шын жүректен шыққан тилеклеримди билдириў маған үлкен қанаатланыўшылық бағышлайды.

Биз уллы арзыў-нийетлер менен бирге, ҳәр қыйлы аласапыранлы дәўирде жасап атырмыз. Мен быйылғы жылды пүткил дүньяда тынышлықты тәмийинлеўге шақырық пенен басладым. Инсаният умтылып атырған барлық жемислер – қәдир-қымбат, әдил судлаў, раўажланыў ҳәм абаданлық тиккелей тынышлық пенен байланыслы. Бул қәдриятлар БМШ Режесинде беккемлеп қойылған ҳәм ол бизди бирлестирип турады.

Сизиң байрам қуўанышыңызға шерик бола отырып, БМШтың көп миллетли шөлкем екени пүткил дүньяда бир-биринен узақласыў ҳәдийсеси бақланып атырған бир ўақытта улыўмалық ис-ҳәрекетлеримизди беккемлеўге хызмет етип, улыўма, инсаныйлығымызды белгилеп атырғанын атап өтпекшимен.

Усы қутлы күнде Сиз басшылық етип атырған Өзбекистан БМШты беккемлеў, ҳәммеге тынышлық, раўажланыў ҳәм инсан ҳуқықларын тәмийинлеў жолындағы улыўмалық ис-ҳәрекетлеримизди буннан былай да жеделлестириўге мүнәсип үлес қосатуғынына исенемен.

Уллы Мәртебели Мырза, Сизге болған жоқары ҳүрметимди қабыл еткейсиз.

Антониу Гутерриш,

БМШ бас хаткери

***

Өзбекистан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Президент Мырза!

Сизди ҳәм Өзбекистан халқын өзимниң және ўатанласларымның атынан Өзбекистан Республикасының Ғәрезсизлик күни мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлайман.

Быйылғы жылы биз Өзбекистан менен Германия арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 25 жыллығын билгилеп атырмыз. Өткен шерек әсирде биз сиясат, экономика, қәўипсизлик, мәденият салаларында, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги көп тәреплеме бирге ислесиўимизди раўажландырыўға еристик. Буннан былай да бирге ислесиўимизди және де беккемлейтуғынымызға исенемен.

Германия Өзбекистанда мәмлекетлик басқарыў, әдиллик саласы, экономиканы ҳәм жәмийетти раўажландырыў бағдарындағы әҳмийетли реформаларды әмелге асырыўда көмеклесиўге таяр. Сондай-ақ, Сизди исендирип айтаман, Германия Өзбекистанның региондағы мәмлекетлер менен жақсы қоңсышылық қатнасықларын буннан былай да беккемлеў  бағдарындағы басламаларын қоллап-қуўатлайды.

Сизге ҳәм шаңарағыңызға саў-саламатлық ҳәм абаданлық, Өзбекистан халқына тынышлық-татыўлық және раўажланыў тилеймен.

Франк-Вальтер Штайнмайер,

Германия Федеративлик Республикасы Президенти

 

***

Өзбекистан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Сиз, Уллы Мәртебели Мырзаға Миллий байрам – Ғәрезсизлик күни мүнәсибети менен жақсы тилеклеримди билдиргенимнен және Өзбекистан халқына келеси жылға ығбал-бахыт ҳәм абаданлық тилегенимнен оғада қуўанышлыман.

Елизавета 88,

Уллы Британия ҳәм Арқа Ирландия

Бирлескен Карольлигиниң Королевасы

 

***

Өзбекистан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Миллий байрам – Өзбекистан Республикасы Ғәрезсизлик күни мүнәсибети менен шын жүректен шыққан тилеклеримди қабыл еткейсиз.

Сиз мәмлекет басшысы сыпатында жумыс баслағаныңыздан берли халықларымыз арасында әсирлер даўамында жетилискен дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланыслары жаңа басқышқа көтерилгенин терең қанаатланыўшылық пенен атап өтемен. Қырғызстан менен Өзбекистан арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиў буннан былай да раўажланып, мазмун жағынан байып бара береди.

Пурсаттан пайдаланып, Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, мәмлекет басшысы сыпатындағы жумысыңызда беккем денсаўлық, ығбал-бахыт ҳәм үлкен табыслар, туўысқан  Өзбекистан халқына тынышлық, жақсылық ҳәм абаданлық тилеймен.

Ҳүрмет пенен,

Алмазбек Атамбоев,

Қырғызстан Республикасы Президенти

 

***

Сондай-ақ, төмендегилер өз қутлықлаўларын жоллаған:

Австралия Генерал-губернаторы Питер Косгроув

Австрия Республикасы Федерал Президенти Александр Ван дер Беллен

Мьянма Президенти Тхин Чжо

Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳом Алиев

Словакия Республикасы Президенти Андрей Киска

Украина Президенти Петр Порошенко

Азия инфраструктура инвестициялары банки президенти  Цзинь Лицюн

ШБШ Бас хаткери Рашид Алимов

ҒМДА Атқарыў комитетиниң баслығы – Атқарыўшы хаткер Сергей Лебедев

Миграция бойынша халықаралық шөлкемниң Бас директоры  Уильям Лейси Свинг

Қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте.

Поделиться