Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекистан Республикасы Президенти Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

2017-08-29 | Сиясат

Ҳүрметли Президент Мырза!

Сизди ҳәм Өзбекистан халқын 1-сентябрь күни белгиленетуғын елиңиз ғәрезсизлигиниң 26 жыллығы менен Америка халқы атынан қутлықлайман.

Өзбекистанның миллий байрамы ҳәм Сизиң мәмлекет басшысы лаўазымындағы жумысыңыздың биринши жылының жуўмақланғаны мүнәсибети менен еллеримиз арасындағы бирге ислесиўди ҳәм шерикликти буннан былай да беккемлеў жолында тилеклес екенимизди тастыйықламақшыман.

Биз Сизиң басшылығыңызда әмелге асырылып атырған регионда турақлылықты тәмийинлеў, демократиялық қәдриятларды беккемлеў ҳәм өз-ара пайдалы экономикалық имканиятларды кеңейтиўге қаратылған избе-из ис-ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлаймыз.

Сизге ҳәм пүткил Өзбекистан халқына усы қутлы сәнени үлкен қуўаныш  пенен белгилеўди тилеймен.

Ҳүрмет пенен,

Дональд ТРАМП,

Америка Қурама Штатлары Президенти

Поделиться