Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он жетинши сессиясы ҳаққында мәлимлеме
2017-08-14 | Жәмийет
Усы жыл 11-август күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он жетинши сессиясы болып өтти.
Сессияның жумысына Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының, Қарақалпақстан Республикасы Ҳүкиметиниң ағзалары, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Т.Ерниязов басқарып барды.
Ең дәслеп, депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.
Депутатлар тәрепинен сессияның күн тәртибинен орын алған Тақыятас районын шөлкемлестириў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. Республикамыз басшысы бүгинги күнде аймақ турғынларының турмысында ушырасып атырған қыйыншылықларға, Тақыятас районын шөлкемлестириўге байланыслы ўазыйпаларға ҳәм оның абзаллықларына айрықша итибар қаратты.
Хожели районының «Кенегес», «Сарайкөл», «Найманкөл» аўыл пуқаралар жыйынларын Тақыятас қаласы менен бирлестирип, жаңадан Тақыятас районын шөлкемлестириў мәселеси депутатлар тәрепинен көрип шығылды.
Жаңадан дүзилип атырған районда жумыс атқарыўшы мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымларын шөлкемлестириў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев кең түрде баянат жасады.
Бул мәселе бойынша Хожели районының ҳәкими Д.Қайпов, Хожели районы «Найманкөл» аўыл пуқаралар жыйынының баслығы Г.Таганбердиев, Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң баслығы Т.Хожаназаров, 55-санлы «Бозатаў» сайлаў округинен депутат, «Нураний» қорының Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Ш.Уснатдиновлар шығып сөйлеп, бундай итибары ҳәм ғамқорлығы ушын Президентимизге халқымыз атынан көп-көп рахмет айтты.
Сессияның күн тәртибинен орын алған биринши мәселе бойынша айрықша қанаатланыўшылық пенен билдирилген пикир-усыныслардан соң депутатлар тийисли қарар қабыл етти.
Буннан соң «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы нызамы жойбары туўралы мәселе көрип шығылды.
Бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары мәселелери комитетиниң баслығы С.Турманов баянат жасады.
Нызам жойбары туўралы 57-санлы «Тазажол» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине депутат А.Юсупова шығып сөйледи.
Депутатлардың даўыс бериў жолы менен бул мәселе бойынша да тийисли қарар қабыл етилди.
Сондай-ақ, депутатлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының сессиялар аралығында қабыл еткен қарарларын тастыйықлады.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он жетинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.