Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Парламентимиз ҳақыйқый демократия мектебине айланыўы, реформалардың баслаўшысы ҳәм тийкар£ы орынлаўшысы болыўы керек

2017-07-13 | Сиясат

Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасында 2017-жыл 12-июль күни парламент палаталары, сиясий партиялар, Өзбекистан Экологиялық ҳәрекети, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық кеңеслериниң жумысын талқылаў ҳәмде келешектеги ўазыйпаларына бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Онда Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары ҳәм Сенатының ағзалары, ҳүкимет ағзалары, сиясий партиялар ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты. Видеоконференция байланысы арқалы мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық, Ташкент қалалық, районлық ҳәм қалалық кеңеслери ағзалары, жергиликли атқарыўшы уйымлардың басшылары, жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисте Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.

Елимизде жәмийетлик турмыстың барлық тараўларын еле де еркинлестириў ҳәм реформалаў процесслери избе-из даўам етпекте. Қайсы сала ямаса тармақта болмасын, әҳмийетли машқалалар халық пенен ашық додаланып, олардың шешими табылмақта.

Мәжилисте ерисилген табыслар атап өтилген ҳалда, хәкимияттың ўәкиллик уйымлары, сиясий партиялар ҳәм Экологиялық ҳәрекеттиң өткен дәўирдеги жумысы сын көз-қарастан талқыланды, реформаларды еле де тереңлестириў жолындағы әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.

Парламент ағзалары, сиясий партиялардың ўәкиллери көрсетилип атырған айрықша итибар ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирип, мәжилисте ҳәр тәреплеме терең тийкарлап берилген әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша өз-ара биргеликте нәтийжели жумыс алып барыў ҳәм белгиленген мақсетлерге ерисиў депутатлық корпусының оғада жуапкершиликли ҳәм абыройлы ўазыйпасы екенлигин атап өтти.

Поделиться