Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ӨЗБЕКИСТАН ПРЕЗИДЕНТИ ПҮТКИЛҚЫТАЙ ХАЛЫҚ ЎӘКИЛЛЕРИ КЕҢЕСИ ДЕЛЕГАЦИЯСЫН ҚАБЫЛ ЕТТИ

2017-05-18 | Сиясат

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 18-май күни Пүткилқытай халық ўәкиллери кеңеси Турақлы комитети баслығының орынбасары, бас хаткери Ван Чэн басшылығындағы Пүткилқытай халық ўәкиллери кеңеси делегациясын қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды қутлықлап, Өзбекистан менен Қытай арасында ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын раўажландырыўда ҳәм беккемлеўде парламентлераралық бирге ислесиў әҳмийетли орын тутатуғынлығын айрықша атап өтти.

Сәўбетлесиў ўақтында Президентимиздиң жақында Қытай Халық Республикасына жоқары дәрежедеги сапар етиўи даўамында сиясий, саўда-экономикалық, инвестиция ҳәм мәдений-гуманитар салаларда ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

Аймақлараралық бирге ислесиўди раўажландырыў, соның ишинде, саўда, инвестициялық ҳәм мәдений байланысларды жеделлестириў, сондай-ақ,  әййемнен дослық қатнасықта болған Самарқанд ҳәм Сиань, Бухара ҳәм Лоян қалалары арасында саяхатшылар алмасыўға айрықша итибар қаратылды.

Пүткилқытай халық ўәкиллери кеңеси Турақлы комитети баслығының орынбасары, бас хаткери Ван Чэн 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде әмелге асырылып атырған терең структуралық реформаларды жоқары баҳалады.

Ван Чэн Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа шын жүректен қабыл еткени ушын миннетдаршылық билдирди ҳәм Өзбекистан менен Қытай арасындағы стратегиялық шерикликти кеңейтиўге және беккемлеўге қаратылған анық бағдарламалар менен жойбарларды алға қойыў мақсетинде еки елдиң парламентлери арасында кең көлемли бирге ислесиўден Қытай тәрепи мәпдар ҳәм таяр екенлигин атап өтти.  

Поделиться