Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
БАРЛЫҚ ЖОЙБАРЛАР ҲӘМ БАҒДАРЛАМАЛАРДЫҢ ТИЙКАРҒЫ МАҚСЕТИ – ИНСАН МӘПЛЕРИН ТӘМИЙИНЛЕЎ БОЛЫП ТАБЫЛАДЫ
2017-05-18 | Сиясат
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда социаллық-экономикалық реформалардың барысы, әмелге асырылып атырған дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары, ири жойбарлар менен танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 17-май күни Сырдәрья ўәлаятында болды.
Сырдәрья ўәлаятының потенциалын ҳәм халықтың турмыс дәрежесин арттырыў бойынша избе-из жумыслар алып барылмақта. Ўәлаяттың экономикасы турақлы пәтлер менен раўажланбақта. 2017-жылдың биринши шерегинде жалпы аймақлық өнимниң көлеми 5,8 процентке өскен.
«Жиззақ» еркин экономикалық зонасының Сырдәрья филиалы, «Бек» өндирислик бирлеспеси, «Гулистон медтехника», «Сирдарё мега люкс» қоспа кәрханалары ўәлаяттың экономикасында әҳмийетли орын ийелемекте.
Қыйын ықлым шараятына қарамастан, Сырдәрья дийқанлары менен фермерлери пахта ҳәм ғәлледен мол зүрәәт жетистирмекте. Мийўе-овощ ҳәм палыз өнимлеринен қосымша дәрамат таппақта.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен Сырдәрья ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша комплексли илажлар белгиленген. Мәмлекетимиз басшысы сапары даўамында, әне, усы режелердиң орынланыўын, қала ҳәм районларда әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумысларды көзден өткерди.
Президентимиз дәслеп Сардоба суў сағлағышы қурылысының барысы менен танысты.
Шавкат Мирзиёевтың басламасы менен 2010-жылы Қубла Мырзашөл каналының орайлық тармағы өткен аймақта суў сақлағыш қурыла баслаған еди. Быйыл қурылысы жуўмақланатуғын гидро қурылмада 922 миллион куб метр суў жыйналады. Бул Сырдәрья ҳәм Жиззақ ўәлаятларындағы өнимдарлы жерлерден пайдаланыў, аўыл хожалығы егинлериниң зүрәәтлилигин арттырыў имканиятын береди.
Көп тармақлы фермер хожалықларын раўажландырмақтамыз, адамлар қайта егин егип, қосымша дәрамат тапсын. Сардоба суў сақлағышы аймақтағы дийқан ҳәм фермерлерге бул бағдарда үлкен имканиятлар жаратады, деди мәмлекетимиз басшысы.
Президентимиздиң Қытай Халық Республикасына мәмлекетлик сапары даўамында гидроэнергетика саласында да әҳмийетли келисимлерге ерисилди. Бул ел менен биргеликте суў сақлағыш жанында қуўатлылығы 15 мегаватт болған мини гидроэлектростанция қурылады.
Мәмлекетимиз басшысы елимизде альтернативалы энергетиканы раўажландырыў бойынша перспективалы илажлар ислеп шығылып, гидроэнергетика саласында жаңа компания дүзилетуғыны режелестирилип атырғанын атап өтти.
Суў сақлағыш әтирапында дем алыў зонасы шөлкемлестириледи.
Бул жерде Мирзаабад районында әмелге асырылыўы режелестирилген аўыл хожалығы саласындағы перспективалы жойбарларды таныстырыў мәресими өткерилди.
«Өзбекистан темир жоллары» акционерлик жәмийетине қараслы «Сардоба темир жол агросанаат комплекси» унитар кәрханасы тәрепинен балықшылық, шарўашылық, мийўе-овощты қайта ислеў, сүт өнимлерин ҳәм аралас жем ислеп шығарыўға қәнигелескен жойбарлардың әмелге асырылыўы режелестирилген.
Сардоба суў сақлағышы ҳәм Мирзаабад районы аймағында шөлкемлестирилетуғын балықшылық комплекси инкубациялық цехты, интенсив ҳәўизлерди, балықты қайта ислеў заводын, өнимлерди сақлайтуғын музлатқышты өз ишине алады. Балық ушын аралас жем де усы жердиң өзинде ислеп шығарылады. Бул кәрханаларда 150 жумыс орны жаратылады. Комплекс «Ипотека-банк» пенен биргеликте шөлкемлестирилетуғын «Сырдәрья балық санааты» кәрханасы ушын тийкарғы база болып хызмет етеди.
Президентимиз бул жерде Вьетнам технологиясы тийкарында балық жетистириўди көбейтиў, тараў ўәкиллерин оқытыў, кәсип-өнер колледжлеринде балықшылық бойынша қәнигелер таярлаў зәрүрлигин атап өтти.
Сардоба мийўе-овощлар логистика орайы да көп тармақлы болады. Бул жерде мийўе-овощларды жетистириў, сортлаў, қайта ислеў, қадақлаў, музлатыў, сақлаў, кептириў ҳәм жеткерип бериў шөлкемлестириледи. Кәрханада 220 адам жумыс пенен тәмийинленеди.
Мирзаабад районында шөлкемлестирилетуғын шарўашылық комплексинде ҳасыл туқымлы қарамалларды көбейтиў арқалы халыққа гөш ҳәм сүт жеткерип бериў жолға қойылады. 100 жумыс орны жаратылады.
Усы райондағы және бир кәрханада сүт өнимлери ислеп шығарылады. 3 мың 500 тонна сүт қайта исленип кең түрдеги өнимлер таярланады ҳәм қадақланады. 25 адамның бәнтлиги тәмийинленеди.
Тармақтағы кәрханаларды аралас жем менен тәмийинлеў мақсетинде усы бағдарда кәрхана шөлкемлестириў мөлшерленген. 3 мың тонна аралас жем ислеп шығарылатуғын кәрханада 25 жумыс орны жаратылады.
Президентимиз Мирзаабад районындағы «Абдуғани Турдибаевич» көп тармақлы фермер хожалығының жумысы менен танысты.
Сырдәрья ўәлаятында аўыл хожалығы избе-из раўажланып, шарўашылық, қусшылық, балықшылық ҳәм басқа да тармақларда жоқары нәтийжелерге ерисип атырған көп тармақлы фермер хожалықларының қатары кеңейип бармақта. Олар тәрепинен әмелге асырылып атырған жойбарлар халықтың абаданлығын арттырыў, сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў имканиятын бермекте.
«Абдуғани Турдибаевич» көп тармақлы фермер хожалығы 34 гектар жер майданына ийе. Оның 16 гектарында пахта, 15 гектарында ғәлле, 3 гектарында соя жетистирилмекте.
Президентимиздиң 2017-жыл 14-марттағы 2017-2021-жылларда республикада соя егинин егиўди ҳәм соя дәнин жетистириўди көбейтиў илажлары ҳаққындағы қарары ҳәм мәмлекетимиз басшысының Самарқанд ўәлаятына сапары даўамында берилген тапсырмаларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде быйылғы жылы елимизде 2 мың 200 ден аслам фермер хожалығында 21 мың гектар майданға соя егиў нәзерде тутылған. Нәтийжеде 33,7 мың тонна соя дәни жетистирилип, 6,1 мың тонна өсимлик майы және 25 мың тоннадан аслам соя шроты ислеп шығарылады.
Буннан тысқары, соя егилген жерлерде таза азоттың жыйналыўы ҳәм топырақтың өнимдарлығы жақсыланыўы есабынан пахта ҳәм ғәлледен жоқары зүрәәт алыў имканияты жаратылады.
Соя жетистириўди көбейтиў, оны сол жердиң өзинде қайта ислеп, экспортқа да бағдарлаў илажларын көриў керек, деди Президентимиз. Соя егиў арқалы жердиң өнимдарлығын арттырыў, соя агротехникасы бойынша қәнигелер таярлаў лазым.
Мәмлекетимиз басшысы ўәлаятта бағшылықты, шарўашылықты ҳәм қусшылықты раўажландырыў жойбарларын да көзден өткерди. Жойбарлар бойынша пикирлерин билдирип, жуўапкер адамларға тийисли тапсырмалар берди.
Президентимиз усы жерде нураний аталар менен сәўбетлести.
Шавкат Мирзиёев Гүлистан қаласындағы «Sirdaryo Best Fashion» кәрханасында болды.
Усы жылдың март айында пайдаланыўға тапсырылған бул кәрханада 500 ге шамалас адам жумыс пенен тәмийинлеген. Бул жерде ислеп шығарылып атырған трикотаж өнимлери толық экспорт етилмекте.
Заманагөй ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологиялық үскенелер менен тәмийинленген кәрхана бүгин тек ўәлаятта ғана емес, ал елимиз көлеминде де өз орнына ийе.
Президентимизге 2017-2018-жылларда ўәлаятта жеңил санаат саласын раўажландырыў бойынша мәнзилли бағдарлама ҳаққында мағлыўмат берилди. Бағдарламада балалар спорт кийимлери, трикотаж ҳәм мамық гезлемелер, таяр гезлеме, ийирилген-жип ислеп шығарыўды жолға қойыў бойынша жойбарларды әмелге асырыў нәзерде тутылған.
Кәрханалар 72 мың тонна пахта талшығын қайта ислеў қуўатлылығына ийе болып, оларда 3 мыңнан аслам жумыс орны жаратылады.
Шавкат Мирзиёевқа ўәлаятта шөлкемлестирилип атырған фармацевтика ҳәм медицина буйымларын ислеп шығарыўға қәнигелескен кәрханалардың жойбарлары туўралы да айтып берилди.
Жаңадан дүзилетуғын кәрханаларда ислеп шығарылатуғын фармацевтика ҳәм медицина буйымлары импорт етилип атырған өнимлердиң орнын басады.
Мәмлекетимиз басшысы жаратылатуғын жумыс орынларына колледж питкериўшилерин кеңнен тартыў зәрүрлигин айрықша атап өтти.
Елимиздиң барлық қалалары қатарында Гүлистан қаласында да үлкен дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылмақта. Гүлистан қаласының Өзбекистан ҳәм Бирлашган көшелеринде 180 квартиралы 15 көп қабатлы жай қурылды. Жайлардың биринши қабаты саўда ҳәм турмыслық хызмет көрсетиў шақабшаларына мөлшерленген.
Президентимиз усы жайлар жайласқан «Намуна» мәкан пуқаралар жыйынына барды. Мәҳәлле баслығы ҳәм белсендилери менен сөйлесиўде елимизде инсан мәплерин тәмийинлеў, адамлардың турмыс дәрежесин арттырыў, мәҳәлле уйымларының имканиятларын кеңейтиў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалар туўралы сөз болды.
Усы мәҳәллениң профилактика инспекторы Санжар Мурадов жақында Гүлистан мәмлекетлик университетиниң студенти Ҳурриятхан менен турмыс қурған. Президентимиз енгизген системаға муўапық жаңадан қурылған жайлардағы квартиралардан бири С.Мурадовтың шаңарағына берилген. Мәмлекетимиз басшысы Санжар Мурадовтың шаңарағында болды.
Шавкат Мирзиёев пуқаралар жыйынында мәҳәлле баслығының, мәсләҳәтшилер менен профилактика инспекторының жумыс ислеўи ушын жаратылған шарятлар менен танысты. Жынаятшылықтың алдын алыўда, тынышлықты ҳәм турақлылықты беккемлеўде, адамларды разы етиўде олардың бирге ислесиўи үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
Бул жерде Гүлистан қаласының бас жобасы тийкарында әмелге асырылатуғын дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары менен таныстырыў мәресими де өткерилди.
Гүлистанда сизот суў қәддин түсириў жумыслары даўам етпекте. Қалаға алып баратуғын жол өткели реконструкцияланбақта. Ташкент көшеси кеңейтилип, әтирапында көп қабатлы жайлардың қурылыўы режелестирилмекте.
Өзбекистан ҳәм Мустақиллик көшелери аралығында мәдений орай қурылады. Еслеў майданы, заманагөй амфитеатр, ўәлаят театрының жаңаланған имараты, китап дүкәны бул жердеги ҳәкимшилик имаратлары менен сыбайлас.
Президентимиз бул имаратлардың социаллық әҳмийетине айрықша итибар қаратты. Китап дүкәны алдында сулыў қыябан жаратылып, Әлийшер Наўайының ҳәйкелин орнатыў зәрүрлиги атап өтилди. Жойбарларды жетилистириў, қурылыс жумысларын өз ўақтында, сапалы орынлаў бойынша зәрүр усыныслар берди.
Шавкат Мирзиёев Янгиер қаласына сапары ўақтында меншиклестирилген, бирақ бүгин бос турған кәрхана ҳәм объектлерден нәтийжели пайдаланыў бойынша көрилип атырған илажлар менен қызықсынды.
Ўәлаяттың экономика комплекси тәрепинен хожалық жүргизиўши субъектлерди қаржы-экономикалық қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған ҳәрекетлер режеси ҳаққында мағлыўмат берилди.
Президентимиз бул ҳәрекетлердиң режеси бойынша ҳәр айда орынланатуғын жумысларды анық белгилеў ҳәм жуўапкер адамлардың жуўапкершилигин арттырыў, Исбилерменликке көмеклесиў орайын шөлкемлестириў зәрүрлигин атап өтти.
2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында экономиканы буннан былай да раўажландырыў бағдарындағы әҳмийетли ўазыйпалардан бири сыпатында жеке меншиктиң ролин күшейтиў ҳәм меншиклестирилген объектлер тийкарында исбилерменлик жумысын раўажландырыў ушын қолай шараятлар жаратыў белгиленген.
Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 18-апрельдеги «Меншиклестирилген кәрханалар менен ислесиўдиң нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары бул бағдардағы жумысларды жаңа басқышқа көтериўде, меншиклестирилген кәрханалардың өндирислик потенциалын кеңейтиўде әҳмийетли фактор болмақта.
Сырдәрья ўәлаятындағы меншиклестирилген 1 мың 343 кәрханада өткерилген хатлаўдың нәтийжесинде бүгинги күнде бос турған ҳәм қурылысы жуўмақланбаған 237 объект анықланған. Бул объектлердиң 130 ының жумысын қайта тиклеў бойынша инвестициялық жойбарлар ислеп шығылған. Оған бола, бул кәрханаларда санаат бағдарында нырқы 51,9 миллиард сумлық 36, аўыл хожалығында 11,8 миллиард сумнан зыят 26, хызмет көрсетиў ҳәм сервис бағдарында 18 миллиард сумнан аслам 68 жойбарды әмелге асырыў нәзерде тутылған. Нәтийжеде 1 мың 300 ден аслам жаңа жумыс орны жаратылады.
Гүлистан қаласындағы бурынғы «Восток ЛТД» кәрханасының бос турған имаратында «Record Тextil» ЖШЖ тәрепинен нырқы 10,1 миллиард сумлық ийирилген-жипти бояў, Сардоба районындағы бурынғы қусшылық комплексинде «Бобур» ЖШЖ тәрепинен нырқы 1,9 миллиард сумлық бройлер шөжелерин жетистириў, Сырдәрья районындағы бурынғы спорт үскенелери заводында «Файз» ЖШЖ ның 20 миллиард сумлық инвестициясы есабынан пахта пақалын қайта ислеў арқалы ДСП ислеп шығарыў жойбарлары әмелге асырылады.
Ҳәр бир объектти терең үйрениў ҳәм оны иске түсириў бойынша анық усыныслар таярлаў лазым, деди мәмлекетимиз басшысы. Бос турған объектлерди исбилерменлерге жеңилликли шәртлерде бериў ҳәм оларда бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыўды жолға қойыў, ишки ҳәм сыртқы базарларды табыў зәрүр.
Президентимиз «Янгиер» киши санаат зонасында әмелге асырылып атырған жойбарлар менен де танысты.
Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 30-марттағы қарарына муўапық «Янгиер» киши санаат зонасы шөлкемлестирилмекте. Буннан гөзленген тийкарғы мақсет-қала санаатының потенциалын раўажландырыў, киши исбилерменлик субъектлериниң жумысын хошаметлеў, заманагөй өндиристи шөлкемлестириўге инвестицияларды кеңнен тартыў және ишки ҳәм сыртқы базар ушын бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыўға қолай шараят жаратыў болып табылады.
Усы санаат зонасында 2017-2018-жылларға мөлшерленген нырқы 106 миллион доллар болған 125 жойбарды әмелге асырыў нәзерде тутылмақта. Соның нәтийжесинде ўәлаятта тоқымашылық, тери-аяқ кийим, химия, азық-аўқат, электротехника санааты, қурылыс материаллары, мийўе-овощты қайта ислеў ҳәм басқа да бағдарларда жоқары технологиялы өнимлер ислеп шығарыў жолға қойылады. 3 мың 200 ден аслам жумыс орны жаратылады.
Санаат зонасы ушын 537 гектардан аслам жер майданы ажыратылып, оны жол-транспорт ҳәм инженерлик-коммуникация инфраструктуралары менен тәмийинлеў, өндирис қуўатлықларын жайластырыў бойынша избе-из жумыслар әмелге асырылмақта.
Исбилерменлер менен сәўбетте жаратылған қолай исбилерменлик орталығынан нәтийжели пайдаланыў, бәсекиге шыдамлы өнимлердиң түрин көбейтиў, шет елли исбилерменлер менен бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм экспортты раўажландырыў бойынша усыныслар берилди.
Президентимиз санаат зонасы аймағындағы бурынғы «Янгиерйўлиндустрия» унитар кәрханасының бос турған имаратын көзден өткерди. Аймағы 9 гектар болған бул кәрхана «Өзбекистан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң қурамына өткерилип, оның тийкарында Янгиер темир-бетон ҳәм металл конструкциялар ислеп шығарыў заводы шөлкемлестирилмекте. Бул заводта жылына 83 мың куб метр темир-бетон өнимлерин, 5,5 мың тонна металл конструкцияларын ислеп шығарыў мөлшерленбекте. Бул жойбар ушын 80 миллиард сум муғдарында инвестиция киргизиледи. Бул 1 мың 250 жумыс орнын жаратыў имканиятын береди.
Шавкат Мирзиёев бул кәрахана ўәлаяттағы әҳмийетли санаат объектлеринен бири екенин, бул жерде ислеп шығарылатуғын өнимлерге талап жоқары болатуғынын атап өтти.
Мәмлекетимиз басшысы Хавас районындағы «Хожи Гадойбой ота» жеке кәрханасы тәрепинен шөлкемлестирилген аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўге мөлшерленген ыссыхананы көзден өткерди.
Сырдәрья ўәлаятында 2016-2020-жылларда аўыл хожалығы өнимлерин терең қайта ислеў бойынша жаңа кәрханалар қурыў, қолда барларын реконструкциялаў ҳәм модернизациялаў, ярым таяр ҳәм таяр азық-аўқат өнимлерин, қадақлаў материалларын ислеп шығарыў бағдарламасы шеңберинде ыссыханада Қубла Кореяда ислеп шығарылған жоқары нәтийжелиликке ийе заманагөй үскенелер орнатылған.
Нырқы 625 мың доллар, майданы бир гектар болған ыссыханада жылына 150-200 тонна аўыл хожалығы өнимлери жетистириледи.
Президентимиз бул ыссыхананың майданын кеңейтиў ҳәм жетистирилетуғын өним түрин көбейтиў, тараў ўәкиллерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў кереклигин атап өтти.
Усы жерде «Ўзбекозиқовқатхолдинг» холдинг компаниясы тәрепинен 2017-2018-жылларда ўәлаятта шөлкемлестирилетуғын мийўе-овощ жетистириў жойбарлары, Сырдәрья районындағы «Сырдәрья голден фрутс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң мийўе-овощ жетистириў логистика орайы, Мирзаабад ҳәм Сайхунабад районларында ыссыханалар шөлкемлестириў, Гүлистан районында аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў, «Гулистон агро груп» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен гүришти қайта ислеў, «Агро эко техноложи» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен овощ ҳәм собықлы өсимликлер жетистириў, унаби бағын шөлкемлестириў жойбарларын таныстырыў мәресими де өткерилди.
Гүлистан қаласында Президентимиздиң басшылығында Сырдәрья ўәлаяты белсендилериниң, жуўапкер министрликлер менен ведомстволардың басшыларының қатнасыўында мәжилис болып өтти. Онда ўәлаяттың экономикасын, аўыл хожалығын раўажландырыў, жол инфраструктурасын жақсылаў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў, тынышлықты ҳәм турақлылықты беккемлеў, белгиленген бағдарламаларды әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.